18 Февраля
Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша илаж өткерилди
Жақында Өзбекстан Республикасы ИИМ хызметкерлериниң маманлығын арттырыў институты хызметкерлери менен биргеликте Өзбекстан Республикасы ИИМ жанындағы Қарақалпақ лицейинде профилактика инспекторлары менен адам саўдасына қарсы гүресиў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, шаңарақ жәнжеллери топарында турған пуқаралар менен бирге ислесиўди еле де жеделлестириў бойынша сәўбетлесиў болып өтти.
Сәўбетлесиўди Республика «Истиқболли авлод» мәлимлеме ресурс орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳуқық мәсләҳатшиси ҳәм лицей директорының орынбасары, юридика илимлери докторы подполковник Сапарбай Алламбергенов биргеликте алып барды.