14 Март
Шет елде жәрдемге мүтәж заманласларымызға «ИСЕНИМ» мәлимлеме ағартыўшылық ресурс орайы бийпул жәрдем береди
«ИСЕНИМ» мәлимлеме ағартыўшылық ресурс орайы адам саўдасынан жәбир көргенлерге социаллық, психологиялық ҳәмде юридикалық жәрдем түрлерин анықлап, сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта адам саўдасының қурбанына айланған ўатанласларымызды елге қайтарыўда, шет ел мәмлекетлерде қандай да бир себеплерге көре ҳүжжетлерин жойтып алған пуқараларымызға ҳүжжетлерин қайта тиклеўде, бир мәртелик сертификат алыўға, шет ел мәмлекетлериниң нызамлары, үрп-әдетлери менен жақыннан таныстырыўға, улыўмаластырып айтқанда зорлықтың (күш көрсетиўдиң) барлық түрлерине қарсы гүресиўде жақыннан жәрдем көрсетеди, – дейди орай директоры Бердимурат Нурманов.
«ИСЕНИМ» мәлимлеме ағартыўшылық ресурс орайы тәрепинен адам саўдасының қурбанынына айланған пуқараларға көплеген жәрдем түрлери бериледи, орайда жоқары мағлыўматқа ийе психолог, социал хызметкер, юристлер тәрепинен пуқараның мүтәжлигине қарап жәрдем түрлери анықланып сол тараў бойынша жәрдем бериледи. Буннан тысқары, адам саўдасының қурбаны болмаған пуқараларға, бирақ шет ел мәмлекетлеринен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған (Депортация) пуқараларға, қайта шет ел мәмлекетине шықпаўы ушын орта билим алған қәнигелигине, маманлығына қарап кәсип таңлап сол кәсипке керек болған қурал жарақлар, мысалыға, ағаш устасыман бирақ қурал жарақларым жоқ дейтуғын болса, сол пуқараға керекли инструмекнтлерин алып бериўге әмелий жәрдем көрсетеди. Бул алып берилген инструментлер ушын пуқарадан ҳеш қандай төлем алынбайды.
Сөзлерден фактлерге өтетуғын болсақ, усы жылдың 9 айы даўамында Орайға 26 арза келип түскен. «ИСЕНИМ» мәлимлеме ағартыўшылық ресурс орайының көмегинде Ўатанға 37 адам қайтарылды, солардың бесеўи ҳаял адам. Усы елге қайтарылған 37 адамның сегизи Россиядан, қалғанлары Қазақстан Республикасынан қайтарылған.
Сыртта жүрген 19 адамға паспорты қайтарып бериўге жәрдем берилди. Елге қайтыў ҳәм ақшасын төлеў ушын сертификат алыўға 2 адамға жәрдем берилди. 3 адамға авиабилет алып берилди. Сырт елдеги 10 мүтаж адам ўақтынша баспанаға жайғастырылды.
«Исеним» мәлимлеме ағартыўшылық ресурс орайы Өзбекстанның Республика «Istiqbolli Avlod» социаллық-мәлимлеме орайы, Қазақстан Республикасының Алматы қаласындағы «Әмиў жағасы», Атыраў ўәлаятындағы «Едил Жайық», Нур-Султан қаласындағы «Жайхун» ҳәм Ақтаў қаласындағы «Аллаяр жолы» Қарақалпақ этно-мәдений орайлары, сондай-ақ, Россия Федерациясының «Каракалпакия» Волгоград регионаллық миллий мәдениятты раўажландырыў жәмәәтшилик шөлкеми ҳәм Москва қаласындағы «Каракалпакстан» регионаллық миллий мәдениятты раўажландырыў жәмәәтшилик шөлкемлери менен биргекликте мүтәж инсанларға бийпул жәрдем берип келмекте.
Пуқаралардың шет елде жүрип қыйын жағдайға түсип қалыўына көплеген факторлар себеп болады. Солардың басым көпшилигин ҳуқықый жақтан билимниң азлығы қурайды. Сонлықтан, пуқараларға сырт елге жумыс ислеўге кетиўден алдың Орайдан бийпул түрде өзлерине керекли мағлыўматларды алыўын сорап қаламыз, бул арқалы сырт еллерде жүргенде ҳәр қандай кеўилсиз жағдайлардың алды алынған болар еди.