АДАМ САЎДАСЫНЫҢ ҚУРБАНЫ БОЛМАЙЫҚ

ХХ әсир ақырына келип адам саўдасы пүткил инсаниятқа қәўип салып турған  тийкарғы қәўиптиң бири болып қалмақта. Ғәрезсизлик дәслепки жылларында айырым «исбилерменлер» адамларды алдаў жолы менен сырт еллерге алып кетип, оннан пайдаланыўға ҳәрекет етти. Нәтийжеде көплеген пуқараларымыз, соның ишинде ҳаял-қызлар бенен жаслар бул иллеттиң қурбанына айланды.

Жәмийетимизге айрықша қәўип салып атырған  адам саўдасына қарсы гүресиўге байланыслы  елимизде бир қанша Нызамлар шығарылды. Өзбекстан Республикасында ең уллы қәдирият инсан, оның өмири, еркинлиги, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да тәбийғый ҳуқықлары Конституция менен қорғалады. Сонлықтанда Нызамда адам саўдасы ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген.

Объектив жағынан жынаят жынысый яки басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын алдаў жолы менен адам жаллаўда көринеди. Адамларды жаллаў дегенде, оларды түрли мақсетлерде пайдаланыў ушын шахсларды излеп табыў ҳәм қандай да бир хызмет пенен шуғылланыўы ушын олар менен алдын-ала (аўызеки, жазба) келисим дүзилиўин түсиниў лазым. Буның усыллары: жоқары мийнет ҳақы, материаллық мәп, жақсы мийнет шараяты, белгили бир жеңилликлер бериў ҳәм басқалар болыўы мүмкин, бирақ, олар жынаяттың квалификациясына тәсир етпейди.

Адамларды басқа мақсетлерде пайдаланыў — жәбирлениўшини жаллаўшының қәлеўи менен қандай да бир хызмет түри менен шуғылланыўға мәжбүрлеў болып табылады. Шахсты алдаў жолы менен исленген ўақыттан баслап, жынысый яки басқа мақсетлерде пайдаланыўы ушын айыпкерди Жынаят Кодексиниң 135-статьясы менен жынайый жуўапкершиликке тартыўға себепши болады. Алдаў жынаяттың зәрүр белгиси болып есапланады.

Алдаў жаллаўшының жәбирлениўшиге жалғанлығы белгили болған мағлыўматлар бериўи яки жәбирлениўши шахс пенен келисим дүзилип атырғанда хабардар етиўи шәрт болған анаў яки мынаў шараятты жасырыўы, оларды мәлим етпеслигинде көринеди. Жынаят жаллаў әмелге асқан, яғный жаллаўшы менен айыпкер шахс арасында келисим (аўызеки, жазба шәртнама) дүзилген ўақыттан баслап тамамланған деп тән алынады.

Субъектив жағынан жынаят тиккелей қаслық пенен исленеди. Бул жынаяттың субъектив тәрепиниң зәрүр шәрти, яғный мақсети болып табылады. Мақсет жынысый яки басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын алдаў жолы менен адам жаллаў жынаяттың зәрүр белгиси болып есапланады.

Егер пайдаланыў ушын адамларды жаллаў қайтадан яки қәўипли рецидивист ямаса бир топар шахслар тәрепинен алдын-ала тил бириктирип яки жасы жетпеген шахсқа байланыслы исленген болса, айыпкердиң қылмысы Жынаят Кодексиниң 135-статьясы 2-бөлими менен квалификацияланыўы лазым.

Бир топар шахслар тәрепинен алдын-ала тил бириктирип адамларды жаллаў (Жынаят Кодексиниң 135-статьясы 2-бөлиминиң “б” бәнти) дегенде, адамлардан жынысый яки басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын оларды биргеликте жаллаў ҳаққында алдын-ала тил бириктирген еки яки оннан да артық шахстың әне усындай жумыста қатнасыўы түсиниледи. Бунда тил бириктириў адамларды жаллаўдан бурын әмелге асырылады.

Жаллаўшы өзи жаллап атырған шахстың жасы бойынша шынында да алжасқан, яғный шахсты ер жеткен деп шамалаў ушын жетерли тийкары болған жағдайда, ол Жынаят Кодексиниң 135-статьясы 2-бөлими менен емес, ал, 135-статьясы 1-бөлими менен жуўапкершиликке тартылады.

Жынысый яки басқа мақсетлерде жалланылған шахслар Өзбекстан Республикасынан сыртқа алып шығып кетилген ямаса айыпкер сондай мақсетти гөзлеген болса, оның қылмысы Жынаят Кодексиниң 135-статьясы 3-бөлими менен квалификацияланыўы керек.

Елимизде қабыл етилип атырған барлық нызамлар пуқаралардың хуқық ҳәм еркинликлерин, олардың нызамлы  мәплерин, абырайын, қәдир-қымбатын, еркинлигин қорғаўға қаратылған.  Соңғы жыллары  сырт еллер менен түрли тараўлардағы байланысларымыз жақсы раўажланған болып,  пуқаралардың сырт еллерге шығыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Демек, пуқараларымыз белгиленген шәртнама тийкарында жумыс ислеўине  кең жол ашылып, адам саўдасы иллетиниң алды алынбақта