Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша студентлер менен ушырасыў өткерилди

«Адам саўдасына қарсы гүресиў айлығы» ҳәм «Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў айлығы» шеңберинде Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында студентлер менен ушырасыў өткерилди.

Онда қәнигелер 2019-жылдың 30-июль күни Президентимиз тәрепинен тастыйықланған «Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў ситемасын еле де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы мәмлекетимизде бул жынайый ислерге қарсы гүресиў системасын түпкиликли жаңа басқышта, еле де тез пәтлер менен алып барыў ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет етип атырғанын атап өтти.

Ушырасыў даўамында Республика «Истиқболли авлод» социаллық-информациялық орайының Қарақалпақстан бөлими волонтеры Исламбек Шарипов шет елге жумысқа кетиўден алдын орайдан тийисли ҳуқықый мағлыўмат алыўлары кереклиги, ҳеш кимге исенип өз пуқаралық паспортын бермеўи, адам саўдасы бул тек ғана адам күшинен пайдаланыў ғана емес, ал адамның ишки органларын, ҳәттеки санасын сатыўға шекем болған жынаят екени ҳаққында мағлыўмат берди.