Сыртта жүрген пуқараларға жәрдем керек болса хабарласың

Алыс сырт еллер туўралы айтпай-ақ, қоңсы Қазақстан ямаса оның аржағы болған Россияда жумыс ислеў айтқан аўызға аңсаттай болғаны менен ҳақыйқатында ондай емес. Бир ғана усы жылдың өзинде сыртқа жумыс ислеўге кетип елге қайтарылған жерлеслеримиздиң саны 124ти қурады. Бул мағлыўмат «Истиқболли авлод» Республика социаллық информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен алынды.

Жақында makan.uz сайтында «Муҳаббаты ушын гүрескен нөкисли жаслар ўақыясы» атамасында берилген мағлыўматларда шығысы Нөкисли болған, Қазақстанның Алматы қаласындағы шығындыханада жасап келген Ермекбай менен Лалагүлдиң тәғдири сыртта жумыс ислеўдиң, күн көриўдиң аңсат емеслигиниң және бир дәлийли.

2012-жылдың соңында Қазақстан шегарасын нызамсыз түрде кесип өткен бул еки жастың өз елинен бас алып кетиўине ата-аналарының турмыс қурыўына қарсылық көрсетиўи себеп болған. Бул еки жас ҳаққында мағлыўматлар топланыўы барысында Лалагүлдиң өз анасы ертеректе қайтыс болғаны, ал Ермекбайдың үй иши бул қызды алмайсаң деп қарсылық билдиргени анық бола баслады. 2019-жылдың ноябрь айында еки жастың перзентлери аўыр наўқасланып жергиликли поликлиникаға бармағанда олар елеге шекем Қазақстандағы шығындыханада жасай берген, биз олар туўралы ҳеш қандай мағлыўмат билмеген болар едик. Олар перзентлерин шыпакерге көрсетиў барысында жергиликли журналистлер буншама аянышлы ҳалға келип қалған бул еки ата-ананың қай жерли екенлиги менен қызықсынып қалған. Нәтийжеде олардың Өзбекстанның Нөкис қаласынан екенлиги, қолындағы төрт перзентиниң туўылғанлық ҳаққында ҳеш қандай гүўалықлары жоқ екенлиги, оның үстине Лалагүл және жүкли екени мәлим болады.

Қазақстан Республикасының «Родник» ҳаяллар ҳәм балалардың социаллық-психологиялық реабилитация ҳәм адаптация орайы усы жылдың 15-ноябрь сәнесинен баслап 16-декабрь сәнесине шекем бул шаңарақты өз елине қайтарыў ушын үлкен жумысларды иследи. Бул Қорға пуқараларымыз ҳаққында керекли мағлыўматты топлаўға, оларды елге қайтарылғанда күтип алыўға «Истиқболли авлод» Республика социаллық информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими керекли жәрдемлерди берди.

17-декабрь күни Ермекбай менен Лалагүл төрт перзенти менен Нөкиске аман есен келди. Ҳәзирги ўақытта шаңарақ Лалагүлдиң әке үйинде жасамақта.

Бул еки жастың басына түскен күнлер сыртта мийнет ислеп атырған қаншадан-қанша заманласларымыздың өмиринен бир мысал ғана. Өзбекстан Республикасы «Истиқболли авлод» Республика социаллық информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими тек ғана пуқараларымызды елге қайтарыў менен ғана шуғылланып қоймайды. Сондай-ақ, мийнет мигрантларына қайсыдур бир елге кириў-шығыў қағыйдалары, жумыс ислеўге баратырған мәмлекеттиң нызамшылығы, тәртиплери ҳаққында да ҳуқықый мәсләҳатлар береди. Усы жылдың өткен дәўири ишинде Бөлимге пуқаралығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин алыў ҳәм қайта тиклеў бойынша 115 адамнан мүрәжат келип түскен. Усы орында айтып өтиўди қәлер едик, егер сизиң үйиңизден ямаса жақынларыңыз, танысларыңыз арасында сыртта жумыс ислеп жүргенлер болса ҳәм олар қандай да бир мийнет қатнасықларында, адам саўдасы сыяқлы машқалаға дусласып қалған болса «Истиқболли авлод» Республика социаллық информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң +998956059494 телефон номерине қоңыраў етип хабарласыўыңыз мүмкин. Сыртта жүрген ҳәр бир адам мүсәпир. Оған жәрдем бериў болса елде қалған жерлеслердиң ўазыйпасы.