Шымбайда жəбирленген пуқараларға жəрдем берилди

бөлиминде адам саўдасы жынаятынан жәбирленген пуқараларға әмелий жәрдем бериў, олардың ҳуқықый билимин жетилистириў ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша илаж болып өтти.

Оған Халық-аралық миграция шөлкеми ҳәм Қарақалпақстан Республикасы «Исеним мәлимлеме ағартыўшылық ресурс орайы» хызметкерлери, район ҳәкими орынбасары У.Қалилаев, Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша мәкемелер-ара Шымбай районы комиссиясы баслығы, районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы Б.Шаханов, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Шымбай районы Кеңеси баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары М.Қәлимбетовлар қатнасты, деп хабар береди район ҳәкимлиги.

Илаж қатнасыўшылары адам саўдасынан жәбирленген пуқараларға сырт мәмлекетлерге барып ислейтуғын болса, нызам бойынша барыў тәртип-қағыйдалары бойынша кең түрде түсиник берип, оларға азық-аўқатлық ҳәм хожалық буйымларын тапсырды.

Өз гезегинде жәбирленген пуқаралар көрсетилип атырған жәрдемлери ушын шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылығын билдирди.