14 Марта
Адам саўдасы дәўир машқаласы
Өзбекстан Республикасында «Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы қабыл етилген болып, бул пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бир қанша жумыслар алып барылмақта. Соның менен бирге жасларда ҳуқықый сананы беккемлеў бағдарында бир қанша жумыслар исленбекте.
Жақында, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Республика «Истиқболли авлод» социаллық-информациялық орайының Қарақалпақстан бөлими волонтёры Исламбек Шарипов студент жаслар менен ҳуқықый үгит-нәсият ушырасыўын өткерди. Онда «Адам саўдасын тоқтатамыз», «Адам саўдасы жынаятының қурбаны болыўдан сақ болың» атамасында түсиник жумыслары алып барылды.
Адам саўдасының жүзеге келиўине көбинесе социаллық, экономикалық машқалалар себепши болып атырғаны менен, буған алып келип атырған және бир баслы себеп – бийпәрўалық ямаса итибарсызлық болып есапланады. Илаж даўамында усылар ҳаққында да айтылды.
Буннан тысқары, шет елде адам саўдасы қурбанына айланған жағдайда «Истиқболли авлод» социаллық-информациялық орайының Қарақалпақстан бөлиминиң +998956059494 исеним телефон номерине қоңыраў етип жәрдем алыўы мүмкинлиги айтып өтилди.